Joqarǵi keńes.uz
39.4K subscribers
20.1K photos
1.54K videos
11 files
8.46K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
加入频道
“30-июль – Халықлар дослығы күни” байрамы ҳəмде усы сəнеге бағышланған “Дослық фестивалы”ның ашылыў салтанаты болып өтти

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында “30-июль – Халықлар дослығы күни” байрамы ҳəмде усы сəнеге бағышланған “Дослық фестивалы”ның ашылыў салтанаты болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, бүгинги күнде елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында миллетлер аралық дослықты ҳәм татыўлықты беккемлеў, халықлар арасында өз-ара аўызбиршилик, кеңпейиллик ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын еле де күшейтиў, олардың миллий мәдениятын, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин қəстерлеп-сақлаў ҳәм раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.

Айтып өтиў керек,  соңғы жыллары елимизде “Халықлар дослығы күни” байрамы ҳәм “Дослық фестивалы” көтериңки руўхта өткерилип келмекте. Ҳәр жылы ҳүрметли Президентимиз тəрепинен көп миллетли халқымызға айрықша ҳүрмет көрсетилип, бир қатар Ўатанласларымыз “Халықлар дослығы” көкирек нышаны менен сыйлықланып, миллий-мәдений орайларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға итибар қаратылып атыр.
Бул бағдарда әмелге асырылып атырған илажлар ең тийкарғы байлығымыз болған елимиз тынышлығын сақлаўда, халықлар дослығын, миллетлер-аралық татыўлықты жəне де беккемлеўде əҳмийетли орын тутпақта.

Бүгинги күнде елимизде жасап атырған түрли миллет ўәкиллери бир мақсет жолында бирлесип, ана-Ўатанымызды еле де раўажландырыў жолында аянбай мийнет етип, жоқары табысларды қолға киргизип келмекте.

Бүгинги өткерилген байрам салтанатында да мине усындай әмелге асырылып атырған ийгиликли жумыслар атап өтилди.

Илаж даўамында бир қатар ўатанласларымызға көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Байрам илажы көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев халықтың тийкарғы азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыў бойынша иләжларға арналған видеоселектор мәжилисин өткерди

Онда азық-аўқат ҳәмде аўыл хожалығы өнимлериниң баҳалары турақлылығын, сондай-ақ, базарларды керекли өнимлер менен системалы ҳәм кепилликли тәмийинлеў мәселелери қарап шығылды.

Усы жылдың гүз-қыс мәўсими ушын жәми 50 мың тонна тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы өнимлери резервин таярлаў режелестирилген болып, талап етилетуғын қаржылардың есап-китаплары ислеп шығылып атыр. Сондай-ақ, картошка резервин жаратыў бойынша шәртнамалар дүзилип, реже тийкарында қоймаханаларға жайластырыў илажлары алып барылмақта.

Азық-аўқат өнимлери резервин қәлиплестириў ушын жәми 56 мың 70 тонналық сыйымлықтағы музлатқыш ҳәм қоймаханалар бар болғаны менен айырым районларда бул жумысларды жолға қойыў тәмийинленбеген. Жумыс алып барып атырғанларының да ислеў жағдайлары үйренилгенде музлатқыш ҳәм қоймаханалары жарамсыз ҳәм ҳәрекетсиз турғанлығы анықланған.

2023-2024 жылларда гүз-бәҳәр мәўсими ушын азық-аўқат өнимлери резервин жыйнаў ушын қала ҳәм районлар тәрепинен тастыйықлап берилген жәми 209 исбилерменлик субъектлери қәлиплестирилген, бирақ, бул субъектлердиң резервке жыйнаў имканиятын үйрениў жумысларында да қәте-кемшиликлерге жол қойылған.

Халқымызды гүз-қыс мәўсиминде сапалы ҳәм арзан азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, баҳалар турақлылығын сақлап турыў мақсетинде "Нөкис арзан өнимлер" өнимлерди таярлаў кәрханасына тийисли қаржылар ажыратылып, базарларымызға азық-аўқат өнимлерин алып келиў, музлатқышларда сақлаў ҳәм зәрүрлигине қарап сатыўға шығарыў бойынша бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды. Мәжилисте усы бағдардағы жумыслар ҳаққында да сөз етилди.

Өткерилген мәжилисте бир қатар әҳмийетли мәселелер сын көз-қараста қарап шығылып, жуўапкерлер ескертилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❗️Шаңарағында имканияты шекленген ағзалары бар болған шахслар аукцион арқалы жер участкасы сатып алыўда оларға 33 000 000 сумға шекем бир мәртелик жәрдем пулы бериледи


📄 Ҳүкиметтиң 23.03.2023-жылғы 122-санлы қарары менен тастыйықланған режеге тийкар, жер участкасын сатып алыў қәрежетлеринен келип шығып, шаңарағы қурамында имканияты шекленген шахслар санына қарамастан, БЕМның 100 есеси (33 млн сум) ға шекемги болған муғдарда бир мәртелик төлем пулы ажыратылады.

❗️Бунда жеңилликли категориядағы шахслар төмендеги өлшемлерге туўры келиўи керек:

🟢 ақырғы 12 ай даўамында өзи яки шаңарақ ағзалары атында жасаў ушын арналған турақ-жайы яки жер участкасы бар болмаўы;

🟢 жер участкасы ақырғы 3 ай ишинде аукцион арқалы сатып алынған ҳәм Өзбекстан аймағында болыўы;

🟢 имканияты шекленген шахс деп табылған, сондай-ақ, “Темир дәптер”, “Ҳаяллар дәптери”, “Жаслар дәптери”ниң биринде турған болыўы керек.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
“30-июль – Халықлар дослығы күни” байрамы ҳəмде усы сəнеге бағышланған “Дослық фестивалы”ның ашылыў салтанаты болып өтти


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Белтаўда «Бөршитаў шаңарақ шыпакерлик пункти» өз жумысын баслады

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 2-апрель күнги ««Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-5048-санлы қарарына тийкар, Тахтакөпир районы орайынан алыс аймақта жайласқан «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйынында «Бөршитаў шаңарақ шыпакерлик пункти» имаратының капитал оңлаў жумыслары ушын 500 млн.сум қаржы ажыратылып, қурылыс жумыслары толығы менен жуўмақланды хәм пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен шаӊарақ шыпакерлик пунктиниӊ ашылыў салтанаты өткерилип, онда тараў ўәкиллери ҳәм де аўыл турғынлары, жасы үлкен нураныйлар қатнасты.

Бүгинги күнде Президентимиздиң басшылығында алып барылып атырған әдил сиясат тийкарында халқымызға мүнәсип турмыс шараяты жаратылып, ең шетки аймақлар пуқаралары ушын да машқала туўдырып келген мәселелер шешимин таўып атыр.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамыздағы экспортёр исбилерменлер менен оларды қыйнап киятырған машқалалар бойынша пикирлести

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев бүгинги күнде республикамыз аймағындағы экспорт пенен шуғылланыўшы исбилерменлер менен пикирлесиў, олардың өз жумысын алып барыўында ушырасып атырған машқалаларды анықлаў бойынша олар менен ушырасты.

Айтып өтиў керек, бүгинги күнде елимиздиң экономикасын беккемлеў ҳәм раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, экспортбап өнимлерди жетистириў ҳәм шет еллер менен саўда байланысларын орнатыўда экспортёр исбилерменлердиң тутқан орны айрықша. Оларды қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қатар мүмкиншиликлер жаратылып, имканиятлар берилип атырған бир ўақытта айырым машқалалар да ушыраспақта.

Жоқарғы Кеңес Баслығы жақыннан сәўбетте исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалаларды тыңлады ҳәм ҳәр бир исбилермен қоллап-қуўатланатуғынлығы, олардың өз жумысын жолға қойыўында тосқынлық ететуғын ҳәр қандай басшыға тийисли жаза шарасы қолланылатуғынлығын, экспортёр исбилерменлердиң жумысын жетилистириў бойынша барлық илажлар көрилетуғынлығын атап өтти.

Ушырасыўда орынларда экспортбап өнимлерди жетистириў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, қоңсы ҳәм сырт мәмлекетлер менен саўда байланысларын күшейтиў, ислеп шығарылып атырған өнимлер экспортын кеңейтиў мәселелери сөз етилди.
Өз нәўбетинде исбилерменлер тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилди ҳәм ҳәр бир машқала Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды.

Ушырасыў соңында ўазыйпалар белгилеп алынды ҳәм экспорт көлемин кеңейтиў илажларын көриў бойынша тапсырмалар берилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM