Нөкис қаласында «Санаат Қурылыс банк» акционерлик коммерциялық банкиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық банк хызметлери офиси жаңа имаратының ашылыў мәресими болып өтти
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.
Айтып өтиў орынлы, заманагөй архитектуралық талаплар ҳәм стандартлар тийкарында қурып питкерилген банк офисиниң жаңа имараты тек ғана халқымыз ушын емес, бəлким сырт елли инвесторлар ушын да ҳәр тәреплеме қолайлы шараятларға ийе.
Көпшиликтиң хабары бар, бул банк көп жыллардан берли елимиздиң санаат ҳəм қурылыс тараўларын раўажландырыўға салмақлы үлес қосыў менен бирге финанс, кредит сиясаты, мəмлекетлик бағдарламалар шеңбериндеги илажларда, социаллық, экономикалық салалардағы реформаларда белсендилик көрсетип келмекте.
Бир ғана мысал, Ҳүрметли Президентимиздиң “2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли түрде экономикалық жақтан раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы 4889-санлы Қарары тийкарында банк тəрепинен улыўма баҳасы 2,4 трлн.сумлық 185 жойбарды əмелге асырыў белгиленген болса, соннан бүгинги күнге дейин жəми 160 жойбар иске түсирилип, 2 мың 550 ден аслам жаңа жумыс орынлары жаратылды.
Ашылыў мәресиминен соң мийманлар заманагөй имарат, онда халқымыз ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен өткерилген көшпели қабыллаўлар, көше бийлери менен ушырасыўлар даўамында билдирилген тилек-усыныслар ҳәм анықланған машқалалар Президентимиз тәрепинен итибарға алынып, толық сапластырыў илажлары көрилмекте.
Соның менен бирге Қарақалпақстанды ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын Президентимиздиң бир неше қарар ҳәм пәрманлары қабыл етилип, әмелде орынланыўы тәмийинленип атыр.
Атап айтқанда мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаў, жигирма бир мың үйди оңлаў ҳәм қайта қурыў, исбилерменлерге жеңилликлер жаратыў, жаслар ушын қосымша оқыў квоталары ҳәм қырқ жети мың ҳүжжетсиз үйлердиң кадастр ҳүжжетин ислеп бериў усылар катарынан.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Соның менен бирге Қарақалпақстанды ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын Президентимиздиң бир неше қарар ҳәм пәрманлары қабыл етилип, әмелде орынланыўы тәмийинленип атыр.
Атап айтқанда мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаў, жигирма бир мың үйди оңлаў ҳәм қайта қурыў, исбилерменлерге жеңилликлер жаратыў, жаслар ушын қосымша оқыў квоталары ҳәм қырқ жети мың ҳүжжетсиз үйлердиң кадастр ҳүжжетин ислеп бериў усылар катарынан.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
⚡️ Тәлим кредитин алыў тәртиби
🔰Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 18-августтағы 527-санлы қарарына муўапық, тәлим кредити мәмлекетлик, меншик оқыў орынларына ҳәм сырт ел оқыў орынларының филиалларына күндизги, сыртқы ҳәм кешки формасына бакалавриат ҳәм магистратураға төлемли-контракт тийкарында оқыўға кирген ямаса оқыўын көширген Өзбекстан пуқараларына ажыратылады.
🚫 Кредит төмендеги жағдайларда ажыратылмайды:
🔻«супер контракт»ты төлеўге;
🔻сырт ел пуқараларына;
🔻пуқаралығы болмаған шахсларға.
💰Кредит ставкасы (проценти) – Орайлық банктың тийкарғы ставкасы (ҳәзирги күнде 14%). Бунда тийкарғы ставка азайса, кредит проценти де азаяды. Ал ставка көтерилсе, кредит проценти өзгерместен қалады.
❗️Ҳаял-қызлар ушын кредит процентсиз ажыратылады.
📆 Төлеў мүддети: кредит алынған ўақыттан баслап кредиттиң проценти төлеп барылады, ал кредиттиң тийкарғы бөлеги студенттиң оқыўы рәсмий тамамланған күннен кейинги жетинши айдан баслап 7 жыл даўамында қайтарылады.
♻️ Кредит алыўда студенттиң дәраматы бар болған шаңарақ ағзалары да биргеликте кредит алыўшы ретинде қатнасыўы мүмкин.
🏦 Тәлим кредитин ажыратыў бойынша мәмлекет 12 банк (Микрокредит банк, Асака банк, Агро банк, Халық банки, Ипотека банк, Қишлоқ қурилиш банк, Туран банк, Ориент финанс банк, Миллий банк, Ўзсаноатқурилиш банк, Хамкор банк, Алоқа банк) пенен шәртнама дүзген.
📝 Тәлим кредитин алыў ушын усы банклерге төмендеги ҳүжжетлерди тапсырыў керек:
🔸арза;
🔸студент пенен оқыў орны арасында дүзилген шәртнама ҳәм оған қосымша есап бети (фактураси).
Шәртнамада оқыўдың жуўмақланатуғын ўақты ҳәм бир жыл ушын контракт пулының муғдары көрсетилиўи керек.
🔸гиреў шәртнамасы.
Кем тәмийинленген, «Социаллық қорғаўдың бирден бир реестри”не кирген шаңарақ ағзаларынан гиреў ҳәм кепиллик соралмайды.
🔸“Социаллық қорғаўдың бирден бир реестри”не киргенлигин тастыйықлаўшы мағлыўматнама;
🔸биргеликте кредит алыўшы шахслардың ҳүжжетлери ҳәм мағлыўматлары;
🔸банктың ишки кредит сиясаты бойынша талап етилетуғын басқа ҳүжжетлер.
⏳ Банк арзаны 5 жумыс күнинде қарап шығып кредит ажыратыў ямаса ажыратпаў ҳаққында қарар қабыл етеди. Кредит шәртнамасы бир жылға дүзилип, кейинги жыллар ушын қосымша келисим дүзип барылады.

Шоманай районында ишки жолларды оңлаў жумыслары алып барылып атыр
Жоқарғы Кеңес Баслығының көше бийлери менен ушырасыўларында көтерилген мәселелер тийкарында мәҳәллелердиң инфраструктура объектлериндеги ҳәм басқа да бир қатар машқалаларды сапластырыў бойынша жақында ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы ушын 329,7 млрд. сум қаржы ажыратылған еди.
Бул қаржылар тийкарында Шоманай районында да бир қатар жумыслар әмелге асырылып атыр. Атап айтқанда, районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйынындағы Бердақ көшеси ҳәм «Моншақлы» мәкан пуқаралар жыйынындағы Қарақалпақстан көшелерине асфальтобетон қапламасын төсеў мақсетинде жолларды таярлаў жумыслары алып барылмақта.

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
transfer.edu.uz платформасы арқалы оқыўды көшириў бағдарында арза бериў бойынша видеоқолланба
Усы платформа арқалы мәмлекетлик ЖООларының биринен басқасына көшириў ушын арза бериледи.
Бир ЖОО шеңберинде сәйкес ҳәм түрлес жөнелислери бойынша оқыўын көшириў ректордың буйрығы тийкарында әмелге асырылады.
Мағлыўмат ушын, сырт елдеги яки республикамыздағы мәмлекетлик емес ЖООларынан оқыўды көшириў my.uzbmb.uz сайты арқалы әмелге асырылады.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Усы платформа арқалы мәмлекетлик ЖООларының биринен басқасына көшириў ушын арза бериледи.
Бир ЖОО шеңберинде сәйкес ҳәм түрлес жөнелислери бойынша оқыўын көшириў ректордың буйрығы тийкарында әмелге асырылады.
Мағлыўмат ушын, сырт елдеги яки республикамыздағы мәмлекетлик емес ЖООларынан оқыўды көшириў my.uzbmb.uz сайты арқалы әмелге асырылады.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстан Республикасы Президенти әмелий сапар менен Саудия Арабстанында болады
Еки муқаддес мешит хызметкери – Саудия Арабстанының Патшасы Салмон бин Абдулазиз Ол Саудтың мирәт етиўине бола Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Орайлық Азия – Қолтық араб мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси» форматындағы биринши саммитте қатнасыў ушын усы жылы 18-19-июль күнлери Жидда қаласында болады.
—
Икки муқаддас масжид ходими – Саудия Арабистони Подшоҳи Салмон бин Абдулазиз Ол Сауднинг таклифига биноан Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев “Марказий Осиё - Кўрфаз араб мамлакатлари ҳамкорлик кенгаши” форматидаги биринчи саммитда иштирок этиш учун 18-19 июль кунлари Жидда шаҳрида бўлади.
—
По приглашению Служителя двух святынь – Короля Саудовской Аравии Салмана бин Абдулазиза Аль Сауда Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев 18-19 июля посетит город Джидду для участия в первом Саммите в формате «Центральная Азия – Совет сотрудничества арабских государств Залива».
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter

Халықаралық имтиханларда жоқары нәтийжеге ерискен 17 мыңнан аслам жасларға 30 млрд сумнан артық сумма қаплап берилди
2021-жыл 1-майдан 5 түрдеги (IELTS, TOEFL, GMAT, GRE, SAT), 2022-жыл 1-январьдан 13 түрдеги (жәми 18 түрдеги) халықаралық имтихан системасында жоқары нәтийжеге (кеминде С1 дәреже) ерискен жаслардың имтихан қәрежетлери қаплап берилмекте.
Буған шекем усы система арқалы 17 мың 460 жаслардың имтихан қәрежетлери қаплап берилди ҳәм бул дерлик 30,3 млрд сумды қураған.
Онда ҳаял-қызлар 9 мың 489ди, жигитлер болса 7 мың 975 ти қурамақта.
Дизимге қарасақ, ең көп қәрежети қаплап берилген имтихан системасы IELTS есапланады. Яғный, 2 жыл ишинде 12 мың 713 жаслар IELTS та C1 ҳәм оннан жоқары нәтийжеге ерискен.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
2021-жыл 1-майдан 5 түрдеги (IELTS, TOEFL, GMAT, GRE, SAT), 2022-жыл 1-январьдан 13 түрдеги (жәми 18 түрдеги) халықаралық имтихан системасында жоқары нәтийжеге (кеминде С1 дәреже) ерискен жаслардың имтихан қәрежетлери қаплап берилмекте.
Буған шекем усы система арқалы 17 мың 460 жаслардың имтихан қәрежетлери қаплап берилди ҳәм бул дерлик 30,3 млрд сумды қураған.
Онда ҳаял-қызлар 9 мың 489ди, жигитлер болса 7 мың 975 ти қурамақта.
Дизимге қарасақ, ең көп қәрежети қаплап берилген имтихан системасы IELTS есапланады. Яғный, 2 жыл ишинде 12 мың 713 жаслар IELTS та C1 ҳәм оннан жоқары нәтийжеге ерискен.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Aбитуриент ҳүжжет тапсырыўда грантты таңласа, контрактта оқый алмайма?
Таңлаў үстемлигин сайлаў – абитуриентлер ушын жаратылған ең қолайлы имканиятлардан бири. Бунда абитуриент билимине қарап дәслеп грантта оқыў имканиятларын көрип шығады.
Қалайынша таңлаў мүмкин?
Абитуриент ЖООна ҳүжжет тапсырып атырғанда 2 түрли усылдан бирин таңлаўы мүмкин:
1. «Мәмлекетлик гранты»н таңласа – таңлаған барлық тәлим бағдарларында дәслеп мәмлекетлик гранты, соң төлемли-контракт тийкарында;
2. «Тәлим бағдарын» таңласа – ҳәр бир тәлим бағдарында мәмлекетлик гранты ҳәм төлемли-контракт тийкарында избе-из таңлаўда қатнасады.
Таңлаў абитуриент сайлаған тәлим бағдарларының қатаң избе-излиги бойынша ол таңлаған үстемлик тийкарында әмелге асырылады.
Абитуриент 1-усылда дәслеп тек грантқа балы жететуғын орынларды, 2-усылда болса ҳәм грант, ҳәм контрактқа балы жететуғын орынларды таңлаған түрде студент болыўы мүмкин.
Мәселен, абитуриент грант үстемлигин таңлаған: ол Ташкент медицина академиясына контракт, Самарқанд медицина институтына грант болып оқыўға кирди. Ол грант үстемлигин таңлағаны ушын автоматластырылған түрде Самарқанд медицина институты студенти болады.

Жаңаланыўларға қарай
Реформалардың орайына айланып үлгерген үлкемизде соңғы жыллары халқымыздың абадан турмыста жасаўын тәмийинлеў мақсетинде Президентимиздиң басламасы менен бир қатар ийгиликли ислер әмелге асырылып атыр. Жаңа Өзбекстан, соның ишинде жаңа Қарақалпақстанның раўажланыў жолында белгилеп алынған ең тийкарғы принцип – инсан қәдирин улығлаўды бүгин - қаламыз орайынан баслап, ең шетки аўылларда да даўам етип атырған кең көлемдеги қурылыс абаданластырыў жумыслары мысалында көрсек те болады.
Ҳақыйқатында да, узақ жыллар даўамында халқымызды қыйнап киятырған машқалалардың шешимине айрықша итибар қаратылып, анық ҳәрекетлердиң алып барылыўы адамлардың реал турмысында өзиниң нәтийжесин берип атыр.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев орынларда көшпели қабыллаўлар, мәҳәлле белсендилери ҳәм көше бийлери менен ашық-айдын пикирлесиў түринде ушырасыўлар өткерген еди. Онда пуқаралар, көше бийлери тәрепинен жәмийетке байланыслы бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилип, пуқараларды қыйнап киятырған машқалалар атап өтилди.
Усы машқалаларды сапласытырыў бойынша қурылыс-оңлаў ҳәм басқа да жумысларды алып барыў ушын Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы ушын 329,7 млрд. сум қаржы ажыратылды.
Бул қаржылар Қарақалпақстан Республикасында электр энергиясы тәмийнатын жақсылаў, автомобиль жоллары ҳәм көпирлерди оңлаў, ишимлик ҳәм ақаба суў тәмийнатын турақластырыў, мектеп ҳәм бақшалар, соның менен бирге денсаўлықты сақлаў имаратларын қурыў ҳәм реконструкциялаў жумысларына бағдарланады.
Соннан, Бозатаў районында 6 объектте 5,5 млрд. сумлық қурылыс жумыслары алып барылады.
Атап айтқанда, Еркиндәрья АПЖ ҳәм Бозатаў ППЖ аймағында трансформатор орнатыў, электр тармақларын жақсылаў, таяныш бағаналарын орнатыў, Бозатаў ППЖ аймағында 2 км ишки жолларды асфальтлаў, Көксуў ҳәм Ағаден суўды душшыландырыўшы станцияларын реконструкциялаў ҳәмде мәмлекетлик әҳмийеттеги 4Р-178 автомобиль жолының 5 км, жергиликли әҳмийеттеги 4н85 жолының 2,5 км аралығын оңлаў жумыслары алып барылыўы режелестирилип, ҳәзирги ўақытта бул жумыслар баслап жиберилди.
Әлбетте халқымыздың ийгилиги ушын жәмленген мақсетлерди орынлаў жолында олардың барлық ўәкиллери менен ушырасыўлар өткериў ҳәм тыңлаў өзиниң унамлы нәтийжесин берери сөзсиз.

Telegraph
---
Тақыятас районындағы жолларда оңлаў жумыслары даўам етпекте
Соңғы жыллары елимизде мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаў, пуқараларды жыллар даўамында қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Бул бағдарда улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларын оңлаў, сондай-ақ, ишки хожалық топырақ жолларды қум-щебень араласпалы жолларға айландырыў бойынша оғада көлемли жумыслар даўам еттирилип атырған болса, социаллық объектлерге алып барыўшы, асфальт қапламасы оңлаўға мүтәж жолларға болса жаңадан қаплама төселип атыр.
Тақыятас районындағы жергиликли әҳмийетке ийе 4к4 «А-380 автожолы – Тақыятас бройлер қусшылық фабрикасына» автомобиль жолының 5-7-км аралығында районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен асфальт төселип атыр.
Сондай-ақ, “Найманкөл” АПЖ, “Орайлық” ҳәм “Шамшырақ” мәҳәллелериндеги ишки жолларға да реже тийкарында асфальтобетон қапламасы төселиўи режелестирилген.
Халқымыздың аўырын жеңиллетиў, оларға қолайлы шараятлар жаратыў, ең баслысы бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеўге қаратылған ийгиликли әмеллер еле де даўам етеди.

Енди мәмлекетлик емес ҳәм сырт ел жоқары оқыў орынларына қабыллаў жылына бир мәрте (июнь-сентябрь айлары аралығында) болады
Президент пәрманы менен киргизилген өзгериске бола мәмлекетлик, мәмлекетлик емес ҳәм сырт ел жоқары оқыў орынлары ҳәмде олардың филиалларының бакалавриат ҳәм магистратурасына қабыллаў бир оқыў жылында бир мәрте (июнь-сентябрь айлара аралығында) әмелге асырылады.
Бунда, зәрүрли жағдайларда, жоқары оқыў орынларының магистратурасына бир оқыў жылында екинши мәрте қабыллаў Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң усынысына тийкар Мәмлекетлик комиссия тәрепинен руқсат етилгенде жол қойылады.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Президент пәрманы менен киргизилген өзгериске бола мәмлекетлик, мәмлекетлик емес ҳәм сырт ел жоқары оқыў орынлары ҳәмде олардың филиалларының бакалавриат ҳәм магистратурасына қабыллаў бир оқыў жылында бир мәрте (июнь-сентябрь айлара аралығында) әмелге асырылады.
Бунда, зәрүрли жағдайларда, жоқары оқыў орынларының магистратурасына бир оқыў жылында екинши мәрте қабыллаў Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң усынысына тийкар Мәмлекетлик комиссия тәрепинен руқсат етилгенде жол қойылады.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мойнақ районындағы автомобиль жолына жаңадан асфальт төселип атыр
Жақында Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳәм Мойнақ районы көше бийлери менен болып өткен ушырасыўда бийлер тәрепинен көтерилген машқалаға бола Қоңырат-Мойнақ районларын байланыстырыўшы автомобиль жолының 48-71 км. аралығында ири оңлаў жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Жақында Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳәм Мойнақ районы көше бийлери менен болып өткен ушырасыўда бийлер тәрепинен көтерилген машқалаға бола Қоңырат-Мойнақ районларын байланыстырыўшы автомобиль жолының 48-71 км. аралығында ири оңлаў жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Академиялық лицейлерге ҳүжжет тапсырған оқыўшылар ҳәм олардың ата-аналары дыққатына!
Академиялық лицейлерге кириў тест сынаўлары 2023-жыл 24-июль күни Билим ҳәм тәжирийбелерди баҳалаў агентлиги тәрепинен арнаўлы белгиленген аймақларда өткериледи.
Академиялық лицейлерге ҳүжжет тапсырған абитуриентлер 20-июль кешки саат 18:00 ден баслап төмендеги тәртипте тест сынаўларына кириў рухсатнамасын:
litsey.edu.uz сайтындағы жеке кабинетине өзиниң логин ҳәм пароли менен кирген ҳалда жүклеп алыўы;
яки туўрыдан-туўры ҳүжжет тапсырған академиялық лицейден барып алыўы мүмкин.
Абитуриентлерден тест сынаўы өткерилетуғын аймаққа белгиленген ўақыттан кеминде 1 саат алдын шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет ҳәм тест сынаўында қатнасыў ушын рухсатнама менен келиўи соралады.

Халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бойынша жумыслар Хожели районында да даўам еттирилмекте
Республикамыз аймағында жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бойынша Президентимиздиң тапсырмасы менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы қарары қабыл етилип, усы тийкарда үлкен әмелий жумыслар басланған еди.
Хожели районында қарар шеңберинде жәми 926 үй оңланыўы режелестирилген болып, соннан 899 үйдиң төбеси шиферланыўы, 27 үйди толық қайтадан қурып бериў белгиленген. Буның ушын Бухара ўәлаяты бюджетинен 14,6 млрд. сумлық қаржы ажыратылған. Ҳәзирги ўақытта қурылыс-оңлаў жумыслары даўам етпекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Республикамыз аймағында жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бойынша Президентимиздиң тапсырмасы менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы қарары қабыл етилип, усы тийкарда үлкен әмелий жумыслар басланған еди.
Хожели районында қарар шеңберинде жәми 926 үй оңланыўы режелестирилген болып, соннан 899 үйдиң төбеси шиферланыўы, 27 үйди толық қайтадан қурып бериў белгиленген. Буның ушын Бухара ўәлаяты бюджетинен 14,6 млрд. сумлық қаржы ажыратылған. Ҳәзирги ўақытта қурылыс-оңлаў жумыслары даўам етпекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолындағы ийгиликли әмеллер еле де даўам етеди
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев орынларда бир неше мәрте көшпели қабыллаўлар, мәҳәлле белсендилери ҳәм көше бийлери менен ушырасыўлар өткерген еди. Онда пуқаралар ҳәм көше бийлери тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилип, пуқараларды қыйнап киятырған машқалалар атап өтилди.
Усы машқалаларды сапласытырыў бойынша ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы ушын 329,7 млрд. сум қаржы ажыратылды. Ажыратылған қаржылар тийкарында бүгинги күнде барлық орынларда жумыслар баслап жиберилген.
Соннан, Мойнақ районында 6 объектте 17,2 млрд. сумлық қурылыс жумыслары алып барылады. Атап айтқанда, Бозатаў МПЖ аймағында электр тармақларын жақсылаў, таяныш бағаналарын орнатыў, район аймағындағы мәмлекетлик әҳмийеттеги 4Р-173 автомобиль жолының 35 км бөлегин оңлаў, Тик өзек АПЖ ҳәм Дослық МПЖда 2,7 км ишки жолды асфальтлаў, Қазақдәрья АПЖ аймағындағы Кеңес суўды душшыландырыўшы объектин реконструкциялаў, Мойнақ районы медицина бирлеспесине қараслы КТП, хирургия ҳәм қыстаўлы қабыллаў бөлимлерин оңлаў, операция блогына зәрүрли болған әсбап-үскенелерди (хирургиялық, гинекологиялық топлам, наркоз аппараты, хирург отсос ҳәм басқалар) сатып алыў режелестирилген болып, ҳәзирги ўақытта әмелий жумыслар баслап жиберилген.
Президентимиздиң басшылығында халқымыздың турмысында ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў ҳәм олардың абадан турмысын тәмийинлеў жолындағы ийгиликли әмеллер еле де даўам етери сөзсиз.