Joqarǵi keńes.uz
39.3K subscribers
20.1K photos
1.54K videos
11 files
8.49K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
加入频道
Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласының ең шетки аймақларынан бири болған Қаратаў мәкан пуқаралар жыйынында болды

Үйлерди бирме бир аралаў даўамында Серемуратова Зухраға газ плитасы, Бердибаев Қайырбекке телевизор, Нуржанов Эгамбергенге холодильник, сондай-ақ, түрли азық-аўқатлық өнимлер тапсырылды. Буннан тысқары, олардың турақ жайларын оңлаў, үйлерин шиферлап бериў, имарат тиклеўине де жәрдем бериў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

Барлық әмелге асырылып атырған жумыслардан гөзленген тийкарғы мақсет – инсанлардың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў, олардың жасаў шараятын жақсылаў болып табылады.

Елимизде ҳәр бир инсан итибарда, ал, халықтың абадан турмысын тәмийинлеў болса жуўапкерлердиң мойнына жүклетилген әдиўли ўазыйпа есапланады ҳәм усы мақсеттеги жумыслар еледе даўам етери анық.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Белгили мәмлекетлик ғайраткер, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тәжетдинович Ерниязовтың 75 жыллығы кең түрде белгиленеди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлигиниң усынысына тийкар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Белгили мәмлекетлик ғайраткер, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тәжетдинович Ерниязовтың 75 жыллығын кең түрде белгилеў ҳаққында» қарары қабыл етти.

Қарарға муўапық, 2022-жыл декабрь айының екинши он күнлигинде Нөкис қаласында, бай билим ҳәм тәжирийбеси менен елимиздиң раўажланыўы жолында аянбай мийнет еткен белгили жәмийетлик искер Муса Тәжетдинович Ерниязовтың туўылғанына 75 жыл толыўы мүнәсибети менен еслеў кешеси өткериледи.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Барлық ийгиликли әмеллер халқымыз ушын

Усы жылдың 2-декабрь Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен барлық министрлик, басқарма ҳәм тараў басшылары, районлық мәкеме-шөлкем басшылары қатнасыўында өткерилген мәжилисте ўазыйпалар белгилеп алынып, секторлар кесиминде республика мәкемелери ҳәм район шөлкемлеринен жуўапкерлер исши топарлар дүзилген ҳалда бириктирилген еди.

Усы тийкарда, Хожели районы пуқаралары менен жақыннан сәўбетлесиў, олардың тилек ҳәм усынысларын тыңлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы халық қабыллаўханасы баслығы С.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитети баслығы З.Реймова, Мәмлекетлик хызметлерди раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслығы С.Данияров ҳәм район ҳәкими Ж.Ермашевлар үйме-үй жүрип пуқаралар менен ушыраспақта.

Мәселен, Хожели районы Саманкөл АПЖ, Таған аўылы турғыны пуқара З.Иматованың мүрәжаты тийкарында еки келини ҳәм өзи, соның менен бирге басқада тигиўшилик пенен шуғылланыўды қәлеўши ҳаял-қызлар ушын аймақтағы 36-санлы мектеп имаратының бос турған ханасы ажыратылып, заманагөй “SINGER M 1505” маркалы 10 дана тигиў машинасы менен тәмийинленди.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қурылыс жумыслары сенаторлар қадағалаўында

Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаевтың район аймақларында мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм берилген тапсырмаларды қадағалап барыў бағдарында Жоқарғы Кеңес депутатларына берген тапсырмасы бойынша 45-санлы «Шоманай» сайлаў округинен сайланған Жоқарғы Кеңес депутаты, сенатор Улуғбек Жалменов Шоманай районы «Қарабайлы» МПЖ аймағындағы 32-санлы мектептиң 220 орынлы жаңа оқыў имараты ҳәм спорт залы қурылысының барысы менен танысты.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстанда «Меҳир ҳәрекети» басланды

Шараяты аўыр бул шаңарақларда жасап атырған пуқаралардың кими жалғыз баслы, кими бағыўшысынан айырылған, кими көп балалы, және басқалары майыплығы болған шахслар болып, оларға бүгинги күнде жәрдем көрсетилиўи керек.

Ең баслысы бул шаңарақлардың қыстың қыраўлы күнлеринен аман алып шығылыўын тәмийинлеў, денсаўлығына қараў ҳәм бәҳәр басланыўы менен ең биринши гезекте олардың турақ жайларын шиферлап ҳәм поллап берип, турмыс машақатларын жеңиллетиў зәрүр ҳәм шәрт.

Бир сөз бенен айтқанда Қарақалпақстанда «Меҳир ҳәрекети» басланды.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 30 жыллығына арналды

Кең түрде белгиленген илажда Өзбекстан Республикасы Конституциясының мазмуны, оның турмысымызда тутқан орны, инсанлардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўдеги әҳмийети, ғәрезсизлик жылларында ерискен барлық жетискенлик ҳәм шеклердиң беккем тийкары екенлиги ҳаққында түсиник берилди.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM